Байрам ҳәммемизге қутлы болсын!

01 Dec, 2023 - 14:01
274
Байрам ҳәммемизге қутлы болсын!

Jamoatchilik bilan aloqalar (axborot xizmati) bo'limi

Бүгин елимиз бойлап және бир үлкен байрам – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң 34 жыллығы кең түрде белгиленбекте. Ен дәслеп сәне мүнәсибети менен пүткил халқымызды, кеңпейил қарақалпақ елин шын жүректен қутлықлайман.

Тил ҳәр бир халықтың тарийхы, мәденияты, турмыс тәризи, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа ғәзийнедур. Инсанныӊ кәмилликке жетисиўинде, ой-өрисиниӊ қәлиплесиўинде де ана тилиниӊ орны айрықша болып табылады. 

Дүньяда тиллер көп.  Олардың ҳәр бирине ҳүрмет пенен қараймыз. Бирақ қарақалпақ тилиниң биз ушын аҳмийети үлкен. Бул тилдиң өзине тән жылўасы бар. 

Жеке өзим бир дөретиўши инсан сыпатында репертуарымда қарақалпақ тилиндеги қосықлар барлығынан мақтанаман ҳәм оларды ҳәмийше өзгеше заўық пенен атқараман. Кайсы жерге, қайсы орталыққа бармайын, әлбетте қарақалпақ тилиндеги қосықларды сорайды ҳәм алғыслар менен күтип алады. Буннан мен қуўанаман. 
Өз гезегинде, халқымызды, данышпан қарақалпақ елин бүгинги уллы байрам менен және бирмәрте шын жүректен қутлықлайман. Тилимиздиң қәдири бәрқулла бәлент, өзбек ҳәм қарақалпақ халқының аўызбиршилиги мәнги болсын.
 
Озодбек Назарбеков, 
Мәденият министри

O'zbekiston Respublikasi Madaniyat Vazirligi MM

Rasmiy sahifa



Biz bilan aloqa

Topilgan xatoni izohlash